
Мухаддес Руўxтың түсиўи
Мухаддес Китап, Елшилердиң ислери китабы 2:1-41 аятлар
Ибадатхана алдындағы майдан сан санақсыз адамлар менен толы еди. Сол күни яҳудийлер «Зүрәәт байрамын» байрамлады. Соның ушын, Ерусалимге көплеген зыяратшылар топланған еди. Бул байрам Қутқарылыў байрамының елиўинши күнине туўры келеди.
Үйлердиң бириниң кең бөлмесинде Ийса менен дос болғанлардың ҳәммеси жыйналды. Олар дуўа етип, өз-ара сәўбетлесип отырған еди. Тосаттан күшли самалдай болып ҳаўада өзгеше шаўқым еситилди. Даўыс барған сайын күшейип, бөлмени пүткиллей толтырып жиберди.
Кейин оттың жалыны сыяқлы тиллерге уқсаған бир нәрселер оларға көринип, бөлинип - бөлинип олардың ҳәр бириниң үстине түсти. Негизи бул хақыйқый от емес, ал Мухаддес Руўхтың белгиси еди. Бирақ бул ўақыяның айрықша тәрепи, бул көринис емес, ал адамлардың жүрегинде жүз берген нәрсе еди. Сол ўақытта олар өзлерин қуўанышлы сезди ҳәм бәлент даўыс пенен Қудайды уллылай баслады. Бир ўақыттың өзинде Қудайдың оларға берген сақыйлығы, Ийсаның қаншелли жақсы гәплерди айтқаны ҳәм ислеген ислери, сондай-ақ, олар Ийсаны сол ўақытта көрмесе де, Оның бар екенлигин сезди. Елшилер күшли руўхланыў менен Қудайға миннетдаршылықлар билдирди: бул толығы менен қуўаныш, дуўа етиў ҳәм алғыслаў болды.
Бир қанша ўақыт өткеннен соң, олар өз ана тиллеринде ҳәм пүткиллей басқа тиллерде де Қудайды алғыслап атырғанын байқады. Соның менен бирге, буны байқаған тек ғана елшилер емес, ал басқа қалалардан ҳәм басқа еллерден келген адамлар да буны байқап, өз тиллериндеги сөзлерди еситти. Римлилер – латынша, греклер – грекше, парсылар – парыс тилинде, араблар – арабшаны, африкалылар өзлериниң ана тиллерин еситти.
Базылары булардың жүз берип атырғаны кәраматлар арқалы екенин түсинип, қорқып кетти. Ал басқалары олардың үстилеринен күлип былай деди:
– Аўа, олардың ҳәммеси мәс!
Бирақ елшилерден бири жоқарыға шықты да, қолын көтерип, сөйлемекши болғанын көрсетти. Бул Петр еди.
– Яҳудийлер ҳәм узақтан келгенлер, мениң гәпиме қулақ салыңлар! – деп өзиниң ўазын баслады Петр. – Бул адамлар сизлер ойлағандай мәс емес, себеби бул ерте таң-ғо. Көп заманлар алдын Иоел пайғамбар бүгин болып атырған ўақыяны болжаған еди: бизлер Мухаддес Руўхты алдық. Ақырғы ҳәптелерде Мухаддес Жазыўларда болжанып айтылғанлардың көпшилиги әлле қашан әмелге асты. Ал, бүгин жүз берген нәрсе Мухаддес Руўхтың түсиўинен басқа нәрсе емес. Насыралы Ийса менен болған ҳәмме ўақыялар да әййемде пайғамбарлар тәрепинен болжанған. Ол Қудайдың Улы екенлигин Өзиниң көп кәраматлары менен дәлилледи. Бирақ усыларға қарамастан, сизлер Ийсаны римлилердиң жәрдеми менен атанақ ағашқа шегеледиңиз. Бирақ Қудай Оны қайта тирилтти.
Бизлер буған исенемиз, себеби өзлеримиз гүўа болғанбыз. Бизлер Оны өлимнен кейин, өз көзлеримиз бенен көрдик ҳәм Оның тири екенлигин билемиз. Оның аспанға көтерилген ўақтында да өзимиз сол жерде болдық. Мине, Ол бизлерге Мухаддес Руўхын жиберди. Билип қойыңлар: Қудай Ийсаны ҳәммемиздиң Ийемиз қылды!
Сол жерде турғанлардың көпшилиги бул адам арқалы Қудайдың Өзи оларға сөйлегенин сезбей қалмады. Олар елшилердиң сөзлери дурыс екенлигине гүманланбады хәм оның ўазларынан терең тәсирленди.
Олар Петрден:
– Енди бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады. Петр оларға:
– Тәўбе етиңлер ҳәм ҳәр бириңиз Қудайдың жәрдеми менен жаңа өмир баслаўды қәлеп атырғанлығыңыздың белгиси сыпатында суўға шомылдырылың. Сонда сизлер де Мухаддес Руўхтың сыйын аласыз. Себеби пайғамбар арқалы айтылған сөзлер сизлерге де тийисли, – деди.
Петрдиң ўазын бир неше мың адам тыңлады хәм сол күни үш мыңға жақын адам суўға шомылдырылды. Олардың ҳәммеси Ийса Масийхтың Хош Хабарын қуўаныш пенен қабыл етти.
Солай етип, «Зүрәәт байрамы» күни, Мухаддес Руўх түскен күни биринши Жәмәәт пайда болды.
СОРАЎЛАР:
1. Елшилердиң Мухаддес Руўхты қабыл еткенлигин не нәрсе анық тастыйықлайды?
2. Петр өзиниң ўазында не ҳаққында айтты?
3. Сол күни неше адам суўға шомылдырылды? Не ушын олар булай иследи?
4. Қайсы байрам Жәмәәттиң туўылған күни деп есапланады?