Исеним арқалы суўға шомылдырылыў

Исеним арқалы суўға шомылдырылыў

Мухаддес Китап, Елшилердиң ислери 8:26:39 аятлар

Дәбдебели арба шөл бойлап әсте ҳәрекет етип киятыр. Арбаның саялы отырғышында африкалыға уқсаған китап орамын оқып отырған ҳәм әтираптағы ҳеш нәрсеге итибар бермей киятырған саўлатлы кийинген адам отырған еди.

Ол өз ели Эфиопияда бай ҳәм жоқары мәртебели ақсүйек сыпатында танылған, қаржы (финанс) ўәзири лаўазымын ийелеген, бирақ соған қарамай ол өзин бахытлы сезбейтуғын еди. Ол: неге жасап атырман? Өлгенимнен кейин не болады? Гүналарымды ким кеширеди? Ким мени қандай болсам, солайынша сүйеди? – деген көп сораўларға жуўап таба алмай жүрген еди.

Финанс ўәзири Қудай әййем заманларда израил халқын Өзи менен бирге болыўы ушын ҳәм оларға қалай етип дурыс жасаўды үйретиў ушын таңлағанын еситкен еди. Соның ушын, ол Израилға барыўды ҳәм Ибадатханада дуўа етиўди, өз сораўларына жуўап табыўға ҳәрекет етиўди қәледи. Бирақ бул бай адам израил халқына тийисли болмағаны ушын, оған ибадатхананың ишине кириўге рухсат берилмеди. Сонлықтан көп нәрселер оған түсиниксиз болып қала берди.

Соған қарамай, оның Израилға сапары бийкарға кетпеди. Ол Ийшая пайғамбардың көп жыллар алдын айтқан бәрше сөзлерин өз ишине алған қымбат баҳалы китабына ийе болды.

Енди бул бай адам үйине қайтып баратырғанда арбада отырып, пайғамбарлардың сөзлери бойынша, азап шегип өлиўди Өз ықтияры менен қабыл ететуғын ҳәм көп адамлар Оған тийисли болатуғын бир Инсан ҳаққында оқып киятырған еди. «Бул нени аңлатыўы мүмкин?» – деп сорады ўәзир өзинен өзи. Сол ўақытта биреў оннан:

– Сен оқып атырғанларыңды түсинип атырсаң ба? – деп сорады.

Бул Филип еди. Қудай сол елшисине шөлдеги жолға қарай шығыўын буйырды. Филип бир жоқары мәртебели қара денели ақсүйектиң Ийшая пайғамбардың китабын даўыс шығарып оқып киятырғанын еситти.

– Мен улыўма ҳеш нәрсени түсинбей атырман, – деп жуўап берди эфиопиялы адам. – Бирақ егер билетуғын болсаң, бирге кетейик, сен маған ҳәммесин түсиндирип бересең, – деди.

Филип арбаға минип, бай адамның қасына отырды.

– Бул жерде пайғамбар ким ҳаққында айтып атыр? – деп сорады бай адам Филиптен.

– Ийса ҳаққында, – деп жуўап берди ол.

– Ийса? Ким Ол?

Кейин Филип оған Ийса ҳаққында ҳәмме нәрсени айтып бере баслады: Оның кеселлерге қалай шыпа бергенин, қандай кәраматлар ислегенин, қанша адамларға жәрдем бергенин, сондай-ақ, парисейлер ҳәм руўханийлердиң Оны қалай жек көргенлиги ҳәм ақыр-ақыбет Оны римлилердиң қолы менен қалай өлтиргени ҳаққында айтып берди.

– Ашынарлы, – деп ойлады жоқары мәртебели адам, – Оның менен ушырассам, қуўанышлы болар едим.

– Буны ҳәзир де қыла аласыз! – деди Филип. – Себеби Ол тирилди!

Кейин Филип Ийсаның шәкиртлери көрген ҳәмме нәрсени: Ийсаның тирилиўи, аспанға көтерилиўи ҳәм Мухаддес Руўх ҳаққында айтып берди. Сондай-ақ, Ийсаның шәкиртлери Оған тийисли екенлигин көрсетиў ушын, суўға шомылдырылатуғынын айтып берди.

– Мен де суўға шомылдырылыўды қәлеймен! – деп финанс ўәзири қызығыўшылық пенен жуўап берди.

Филип оған:

– Егер сиз ҳақыйқаттан да Ийсаға исенсеңиз мен сизди әлбетте суўға шомылдыраман, – деди.

Эфиопиялы адам ыразылық билдирип:

– Мен Ийса Масийхтың Қудайдың Улы екенлигине исенемен! – деп басын ийзеди.

Арба суў бар аймақтан, яғный оазистен өтип баратырғанында олар арбадан түсти ҳәм Филип оны суўға шомылдырды.

Бай адамның жүреги қуўанышқа толды. Ол Филипке миннетдаршылығын билдирмекши болғанында Филип әлле қашан ғайып болған еди. Бирақ бәрибир эфиопиялы адам, Ийса ҳәр дайым оның менен бирге болатуғынын билди ҳәм шад болып, жолын даўам етип кете берди.

Пикирлесиў ушын сораўлар

5 сораў
  1. Не ушын Филип шөлистан жолында пайда болды?

  2. Жоқары мәртебели ақсүйек Ерусалимге не мақсет пенен келген еди?

  3. Ол Мухаддес Китаптағы қайсы китапты оқып киятырған еди? Ол Филиптен не ҳаққында сорады?

  4. Эфиопиялы адам суўға шомылдырылыўдан алдын қандай гүўалық берди?

  5. Не ушын ол қуўаныш пенен жолын даўам етип кете берди?

96. Исеним арқалы суўға шомылдырылыў00:00 / 05:39