Ийсаның аспанға көтерилиўи

Ийсаның аспанға көтерилиўи

Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар 24:44-53 аятлар; Елшилердиң ислери 1:9-11 аятлар

Тирилген Қутқарыўшы Ийемиз Ийса Масийх шәкиртлери менен ушырасып, олар менен сөйлескен күнлер қандай әжайып еди. Бирақ бул күнлер шексиз даўам етпейтуғын еди. Ийса аспанға, Әкесиниң алдына қайтыўы керек еди.

Зәйтүн таўы хошласыў ушын жақсы жер еди. Соның ушын, Ийса досларын сол жерге алып келди. Шәкиртлери қапа болды. Олар Ийсаның жақын арада оларды таслап кетиўин билетуғын еди. Қутқарылыў байрамынан қырық күн өтти. Ийса оларға:

– Қапа болмаңлар. Аспандағы Әкемниң алдына кетип баратырған болсам да, Мен сизлер менен биргемен. Мен ҳаққындағы Хош Хабарды дүньяның шетине дейин жеткизгениңизде де Мухаддес Руўх арқалы, Мен сизлер менен бирге боламан. Мен сизлерге бир неше рет айтқанымдай, аспанға алынғанымнан соң, сизлерге Жубатыўшыны жиберемен деп айтқан едим, – деди.

Шәкиртлери Устазына түсиниксиз түрде қарады. Ол даўам етип:

– Яқыя суўға шомылдырды. Сол арқалы адамлар, жаңа өмирде жасаўға қәлеўи бар екенлигин билдирди. Мухаддес Руўх та усы тәризде жумыс ислейди. Ол сизлерден жаңа адамларды жаратады, сизлерге хош хабарды жәриялаў күшин береди. Мухаддес Руўх арқалы мен Өзим сизлерге жолдас боламан. Ол Мениң менен қарым-қатнас ислеўиңиз, түсиниўиңиз ҳәм Мени жақсы көриўиңиз ушын солай ислейди.

Қудайдан күш аласыз ҳәм ҳәмме жерде Мен ҳаққында гүўалық бересиз. Дәслеп Ерусалимде, соң Израилда, Самарияда ҳәм пүткил жер жүзиниң ақырына дейин Мениң гүўаларым боласыз, – деди.

Кейин қолларын жоқарыға көтерип, шәкиртлерин жарылқады ҳәм бирден жерден көтериле баслады!

Ийса шәкиртлериниң көз алдынан узақласып, бултлар арасына кирип кетпегенше, еле де бәлент көтериле берди. Бундай айырылыў олар ушын күтилмеген ўақыя болды.

Ийса Әкесиниң алдына усындай тәризде қайтады, яғный Ол ҳәммениң көз алдында аспанға көтериледи деп ким ойлапты! Ол енди Әкеси менен бирге, басқа көринбес дүньяда.

Олар ҳайран қалып, аспанға тигилиўди даўам етти. Енди олар не ислеў керек?

Сол ўақытта шәкиртлердиң алдында жарқырап турған ақ кийимли еки адам пайда болды. Олар Периштелер еди. Олар Ийса және аспаннан жерге келиўин, бирақ Нәресте ҳалында емес, ал уллы қүдирет ҳәм даңқ пенен келетуғынын айтты. Ийса екинши мәрте жерге келгенде, Ҳүким Етиўши Қүдиретли Патша сыпатында келеди. Сол ўақытқа шекем Ол исениўшилердиң жүрегинде жасайды хәм аспанда патшалық қылады.

Шәкиртлери Ийсаның ақырғы айтқан сөзлерин еслеп, қуўаныш пенен Ерусалимге қайтты.

Пикирлесиў ушын сораўлар

3 сораў
  1. Ийса шәкиртлери менен қалай хошласты? Оларға не деди?

  2. Ийемиз қалай олардан кетти?

  3. Периштелер шәкиртлерге не деди?

92. Ийсаның аспанға көтерилиўи00:00 / 04:09