
Масийх ушын азапланған биринши адам
Мухаддес Китап, Елшилердиң ислери 6,7 баплар
Ерусалим Жәмәәти барған сайын өсип барды. Ол әлле қашан мыңлаған исениўшилерди өзине жәмледи. Елшилерге көбинесе мүтәжлерге ғамхорлық қылыўына туўры келди. Бул әлбетте көп ўақытты алатуғын еди. Соның ушын, олар бул мәселени шешиўди өз мойнына алатуғын арнаўлы адамларды, яғный хызметкерлерди сайлаў керек деп шешти. Бул хызметкерлер тек ғана ғамхорлық қылып қоймай, олар ўазлар да айтқан.
Олардан бири Степан еди. Мухаддес Руўхтың күшине толған ол көп адамларды тәўбеге шақырды ҳәм Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен кәраматлар көрсетти. Бул көп яҳудийлердиң көре алмаўшылығына ҳәм жек көриўине себеп болды.
Бул жағдай Степанның сол дәўирдеги яҳудийлердиң ең жоқарғы диний суды, яғный жоқарғы кеңес алдында жуўап бериўине алып келди.
Степанның сөзлери көбирек ўазға уқсаған еди. Дәслеп жыйналғанлар оның сөзлеринен ҳүким ететуғындай ҳеш қандай кемшилик таба алмады. Себеби Степан Қудайдың Өз халқы Израил менен болған мүнәсебети хаққында баян еткен еди. Бирақ көп өтпей Степан оларды былай деп әшкаралай баслады:
– Сизлер Қудайдың сөзине өжетлик қылып, гереңге айландыңыз! Ата-бабаларыңыз ҳәмме пайғамбарларды қабыл етпегениндей, сизлер де Ийсаны қабыл етпедиңиз.
Соңынан Степан аспанға қарап, былай деди:
– Аспандағы Қудай, Оның Өзин ҳәм қасында турған Ийсаны көре алыўым ушын көзлеримди ашты.
Бул сөзлерден кейин, жоқары кеңес ағзалары өзлерин тыйып тура алмады. Олар орынларынан ушып турды да, Степанға қарай жуўырды. Оны қала бойлап сүйреп алып жүрди, ийтерди ҳәм ура баслады. Қаланың сыртына шығарып, оны қоршап алды ҳәм өлтириў ушын оны тас боран қыла баслады. Степан әлле қашан аўыр жарақатлар алған еди, бирақ ол дуўа етип былай деди:
– Ийем Ийса, мени Өзиңе қабыл ет!
Ылақтырылып атырған таслардың соққысы соншелли күшли болғанлықтан, ол дизерлеп жығылды.
Соң бәлент даўыс пенен ол:
– Ийем! Бул адамларды ислеген гүналары ушын жазалама! – деди.
Ийса да атанақ ағашта тап солай дуўа еткен еди. Ийсаның атанақ ағашқа шегеленгенде дуўа еткениндей, Степан да душпанлары ушын дуўа етип үлгерди. Соннан соң, Степан жан тапсырды.
Степан Қутқарыўшы Ийемиз Ийсаға исенгени ушын ең биринши қурбан болған шәкиртлердиң бири болды.
СОРАЎЛАР:
1. Елшилерге қандай әҳмийетли хызметке ўақытлары жетпеди?
2. Елшилер бул қыйыншылықларды қалай жеңип өтти?
3. Степан ким еди? Не ушын яҳудийлер оған қарсы ғәзепленди?
4. Степан тас боран қылынғанда не ҳаққында дуўа етти?