Саулдың тәўбе етиўи

Саулдың тәўбе етиўи

Мухаддес Китап, Елшилердиң ислери 9:1-30-аятлар

Бир адам Степанның өлиминен қуўанышлы еди. Бул исениўшилерди қуўғын еткен жас улама Шаул еди. Ол жас исениўши жәмәәтинде үлкен роль ойнаған Степанның өлтирилгенинен кеўли толғанын жасырмады. Степанның өлиминен соң, исениўшилерге қарата қорқынышлы қуўдалаўлар басланды. Онда Шаул заўық пенен белсене қатнасты. Ол бул арқалы Қудайға хызмет ислеп атырғанына исенди.

Бир күни Шаул исениўшилер көп болған Дамаскке қарай жол алды. Ол исениўшилерди жынаятшылар сыяқлы қамақханаға жибериў ушын, оларды услап алып, Ерусалимге алып келмекши болды. Ол буның ушын алдыннан таярлық көрди ҳәм бас руўханийдиң рухсатын алды.

Шаул Дамаскке жақынлағанда оның өмирин түптен өзгерткен ўақыя жүз берди. Тосаттан жарқыраған нур оның көзлерин соқыр қылып жиберди. Шаул жерге жығылды ҳәм аспаннан мынадай бир даўысты еситти:

– Шаул, Шаул! Сен не ушын Мени қуўдалап атырсаң?

Шаул қорқыныш пенен:

– Сен кимсең Ийем? – деп сорады.

Сол даўыс былай деп жуўап берди:

– Мен, сен қуўдалап атырған Ийсаман.

Шаул бәрқулла жалған пайғамбар ҳәм өтирикши деп есаплап жүрген Ийсаның алдында титиреп, қорқыныштан дирилдеп қалды.

Ийсаның жәмәәтиниң қорқынышлы қуўдалаўшысы болған Шаул, өзиниң надурыс ислеп жүргенин енди түсинди. Енди оған аспаннан сөйлеген Ийсаның Өзи – пайғамбарлардың алдын ала болжаған Қудайдың Улы ҳәм Масийх екенлиги аян болды.

Ийса оған және былай деди:

– Орныңнан тур да қалаға бар! Ол жерде саған не ислеўиң кереклигин айтады.

Шаул орнынан турды, бирақ көзлерин ашқанда, ол соқыр болып қалғанын түсинди. Қасында бирге баратырған адамра оның қолынан услап, Дамаскке алып барды. Ол жерде Шаул үш күн соқыр ҳалында болып, ҳеш нәрсе жемеди де, ишпеди де. Бул ўақыт даўамында ол тек ғана Ийемизди шақырды ҳәм Оннан кеширим сорап, дуўа етип отырды. Үш күннен соң, Қудай Шаулдың алдына Ханания атлы адамды жиберди. Ол Шаулдың үстине қолларын қойды ҳәм Қудайдан оның көзлериниң қайа көриўин сорап, дуўа етти. Шаулдың көзлери қайтадан көретуғын болып, ол суўға шомылдырылды ҳәм исениўшилер Жәмәәтине қабыл етилди.

СОРАЎЛАР:

1. Шаул Дамаскке қандай нийет пенен баратырған еди?

2. Оның жобасын ким тастыйықлады?

3. Дамаскке жақынлағанда Шаулды не тоқтатты?

4. Жолда соқыр болып қалған Шаул нени түсинип жетти?

95. Саулдың тәўбе етиўи00:00 / 03:42