Павел ҳәм Сила

Павел ҳәм Сила

Мухаддес Китап, Елшилердиң ислери 16:19-40 аятлар

Бурын Саул исениўшилерди жаман көретуғын ҳәм оларды қуўдалайтуғын еди, бирақ енди ол Хош Хабарды тарқатыў ушын жүдә көп мийнет етти. Онда болып атырған өзгерислерди тастыйықлағандай, енди Саулды көбирек Павел деп атайтуғын болды. Ол ҳәттеки бир қанша пикирлеслер менен биргеликте Европаға да саяхат қылған. Павел қай жерде болса да, биринши орында яҳудийлер менен ушырасыўға ҳәрекет қылатуғын еди. Олар Ибадатхана жоқлығы себепли, шемби күнлери ашық ҳаўада тез-тезден жыйналатуғын еди. Усы ушырасыўлардың биринен соң, оның қасына бай кийинген бир ҳаял келди. Оның аты Лидия еди. Ол Павелден Ийса ҳаққында көбирек айтып бериўин сорады.

Сәўбетлесиў узаққа созылды. Ақырында Лидия Павелге:

– Қудай мени Өз перзенти сыпатында қабыл етиўи ушын мениң менен бирге дуўа етиң. Кейин мен суўға шомылдырылыўды жүдә қәлеймен, – деди.

Лидия суўға шомылдырылғанынан кейин, Павел ҳәм оның досларын өз үйине мирәт етти. Бирақ Павел ҳәм оның жолдасларынан бири болған Сила ол жерде узақ ўақытқа қалмады. Бир неше күннен соң, қала суды оларды қамаққа алды. Базы бир қала турғынлары яҳудийлердиң бул жерде, грек ҳәм римлилер арасында ўаз айтып жүргенине тоңқылдасты. Павел ҳәм Силаны бир бөлмеге қамады. Ол жердеги полда тутқынлардың қоллары ҳәм аяқларын кисенлейтуғын арнаўлы кисенлер бар еди. Павел ҳәм Сила орнынан турыў түўе орынларынан қыймылдай алмайтуғын да еди.

Бирақ еки елши де қамақханада Қудайдың өзлери менен бирге екенлигин билетуғын еди. Жаратқан Ийе оларға күш ҳәм батырлық берди.

Қудайдың бул хызметкерлери қуўанышлы болып, Оны алғыслайтуғын қосықларды айтты. Олар дәслеп әсте, кейин болса бәлентирек және де бәлентирек даўыста ҳәттеки қоңсы бөлмелерге де еситилетуғындай етип алғыслай берди. Басқа тутқынлар өз қулақларына исенбеди: қамақханада отырған бул адамлар қалайынша буншелли қуўаныш пенен қосық айта алады?

Тосаттан адамлардың даўысына басқа даўыслар, яғный әсте гүрсилдеген даўыслар араласа баслады. Кейинги пурсатта ҳәмме нәрсе силкинди. Жер силкиниўи! Имаратлар силкинди, бирақ қуламады.

Имараттың тийкары болған таслар белгили бир дәрежеде силкинди ҳәм буның нәтийжесинде Павел ҳәм Сила тутқынлардың қол аяқлары азат болғанын байқады. Сыртқа шығатуғын қапылар да ашылып кеткен еди.

Жердиң силкиниўиниң себебинен қамақхана хызметшиси оянып кетти. Ол секирип орнынан турып, қапылардың қулыплары ашылғанын дәрриў байқады.

– Ҳәмме жынаятшылар қашып кетти! – деп ойлады ол. – Буның ушын мен қатты жазаланаман. Өз жаныма қастыянлық қылғаным мақул.

Павел бақлаўшының қылышын алып атырғанын ҳәм өзин өлтирмекши болғанын көрип, бәлент даўыс пенен былай деп бақырды: «Булай ислеме! Бизлер ҳәммемиз усы жердемиз!»

Қамақхана хызметкери ҳеш ким қашып кетпегенине исеними кәмил болып, Павел менен Силаны келип қушақлады. Егер бул халықтың Қудайы оларды азат етиў ушын жер силкиниўин ислеген болса, демек Ол ҳақыйқый Қудай болса керек.

– Мырзалар, қутқарылыўым ушын мен не ислеўим керек? – деп сорады ол.

– Ийемиз Ийса Масийхқа исен, сонда сен де қутқарыласаң! – деп жуўап берди Павел.

Соннан соң, қамақхана хызметшиси олар екеўин үйине мирәт етти.

Павел ҳәм Сила оның изине қуўаныш пенен ерип, оған Ийса ҳаққында айтып берди. Олар адамлардың Ийса Масийх Қудайдың Улы екенлигине исениўи ушын, Ол тек жақсылық қылғанын, қалай жасағанын ҳәм сөйлегенин айтып берди. Және де, олар Ийса гүнасыз болса да, рим әскерлери қалайынша Оны атанақ ағашқа шегелегенин айтып берди. Олар, яғный Павел ҳәм Сила, басынан кеширип атырған қуўдаланыўларға ҳәм сынақларға ҳайран да емес еди. Не ушын оларға өзлериниң Ийесине қарағанда, жақсырақ мүнәсебетте болыўы керек? Сондай-ақ, олар қамақхана хызметкериниң шаңарақ ағзаларының ҳәммесине Ийса инсан гүналары, соның менен бирге олардың ҳәр бирин кешириў ушын өлгенин түсиндирип берди. Ол атанақ ағашта, инсанның Қудай менен мүнәсебети тәртипке түсиўи ушын гүналарды Өз мойнына алды. Павел менен Сила Масийхтың қайта тирилгени ҳәм Мухаддес Руўх ҳаққында айтыўды да умытпады. Сол Мухаддес Руўх арқалы Ийса ҳәмме ўақытта Өзине исенгенлер менен бирге болады.

– Мен де Ийсаға тийисли болыўды қәлеймен! – деди қамақхана хызметкери, – Одан мени Өз перзенти сыпатында қабыл етиўин сорамақшыман.

– Егер Қудай ҳаялларды да қабыл қылатуғын болса, мен де Оған хызмет қылмақшыман, – деп қосылды оның ҳаялы.

Павел былай деди:

– Әлбетте, Хош Хабар ҳаялларға да, балаларға да тийисли! Сизлердиң қалаңыздағы бир ҳаял әлле қашан исениўши болды.

Сәўбеттен кейин ҳәм шомылдырылыўды қабыл еткеннен соң, үй ийеси Павел менен Силаны аўқатланыўға мирәт етти. Бирақ қуяш шыққаннан кейин, олар ушын қәўетерде отырған Лидияның үйине асықты. Енди Павел менен Сила тек ғана Қудай оларды қалайынша қорғағаны ҳаққында емес, ал соның менен бирге сол кешеде Ийемизге жүзлерин бурған қамақхана сақшысының шаңарағы ҳаққында да айтып бере алды!

СОРАЎЛАР:

1. Павел менен Силаны қай жерге қамады?

2. Тутқынлардың қашып кетиўиниң алдын алыў ушын не исленген еди?

3. Павел менен Силаның түнде алғыс айтқанын қалай түсиндириў мүмкин?

4. Павел менен Сила қалайынша азат етилди?

5. Қамақхана хызметкери ҳәм оның шаңарағы менен не жүз берди?

99. Павел ҳәм Сила00:00 / 07:13