
Ийса Масийхтың Юханға берген аяны
Мухаддес Китап, Аян китабының 1-22 баплары
Ийса Масийхтың көплеген елшилери Хош Хабарды жәриялағаны ушын, Қудайға ақырына дейин садық қалды ҳәм өлтирилди ямаса азап шекти. Бирақ елшилерден бири үлкен жасқа дейин жасаған ҳәм ол тоқсан жасына шекем Эфес қаласындағы исениўшилер жәмәәтиниң ағзасы болған. Гәп Юхан ҳаққында кетип атыр. Ол да Ийсаға исенгени ушын қуўғын қылынған болса да, өлтирилмеген еди. Ол Жер Орта теңизиндеги Патмос деп аталған атаўға сүргин етилген. Оның халқы тек тутқынлар ҳәм олардың сақшыларынан ибарат еди. Атаўда ҳүким сүрген тынышлықта Қудай Юхан менен сөйлескен еди. Ол Юханға, Ийсаның Патша екенлигин ҳәм исениўшилерди барлық жерде қуўдалаған жағдайда да исениўшилер ҳәм олардың тәғдири Оның қолында болатуғынын көрсетти!
Юхан өзиниң ишки сезимлери менен көрген көринисинде Қудай дүньяның ақырын да көрсетти. Бундай көринислердиң саны он еки еди ҳәм Юхан олар ҳаққында Мухаддес Китаптың ең соңғы китабы, яғный Аян китабында жазған.
Ақырғы көринисте Ийемиздиң Периштеси Қудайдың халқы ушын таярланған Аспан Патшылығының даңқын гөззал сүўретлерде көрсеткен. Ол сүўретте елши Юхан жаңа жәннетти көрген. Ол жерде өмир дәрьясы кристаллға уқсап жылтырап, Қудайдың ҳәм Қозының тахтынан ағып туратуғын еди. Ал оның бойында өмир тереги туратуғын еди.
Аспан жәннетинде ҳеш ким гүна ислемейди, себеби гүна Ийса Масийх тәрепинен жеңилиске ушыраған. Ҳеш қашан гүна, исенимсизлик ҳәм өлим түни қайтып келмейди. Себеби Ийемиз Қудай оларды жоқ қылады. Ал, қутқарылыў алған исениўшилер Масийх пенен бирге Аспан Патшалығында мәңгиге патшалық етеди.
Периште елши Юханға, еситкен ҳәм көрген ҳәмме нәрсе дурыс хәм ҳақыйқат екенлигин айтты. Көринис жуўмағында Ийемиз Ийсаның Өзи елши Юхан менен хошласып:
– Мен Альфа ҳәм Омега, биринши ҳәм соңғыман, басы ҳәм ақырыман... Мен – Даўыттың тийкары ҳәм урпағыман, жарық таң жулдызыман! Мен тез арада келемен! – деди.
– Аўмийин! Аўа, кел, Ийем Ийса! – деп жуўап берди Юхан.
Пикирлесиў ушын сораўлар
3 сораўМухаддес Китаптың соңғы китабын ким жазған?
Не ушын Ийса тез арада жер жүзине қайтып келеди?
Ийса Масийхқа исенетуғын адамлар мәңгиликти қай жерде өткизеди?