Петр қамақханада

Петр қамақханада

Мухаддес Китап, Елшилердиң ислери 12:1-17 аятлар

Рим императоры Қайсар (Цезарь) уллы Хиродтың ақлығы болған Хирод Агриппаны Ерусалим ҳәм Палестинаның үлкен бөлегине ҳүкимдар етип қойды.

Оның басқарған дәўиринде исениўшилерге қарата үлкен қуўдалаўлар басланды. Хирод яҳудий басшылары ҳәм олардың тәрепдарлары елшилерди ҳәм исениўшилердиң бәрше шәкиртлерин жек көретуғынын билетуғын еди. Олардың хүрметине ерисиў ушын, ол елшилерден бири Юханның иниси Яқыпты өлтириўди буйырды. Бул ҳәрекет сол яҳудийлер тәрепинен мақулланды. Соның ушын, ол Петрди де қамаққа алыўды буйырды.

Оны қамаққа алып, он алты әскерге күни-түни қараўыллаўды буйырды.

Хирод елши Петрдиң өлим күнин әлле қашан белгилеп қойған еди, бирақ жәмәәт ол ушын Қудайға шын жүректен дуўа ететуғын еди! Сол ўақытта Ерусалимде басқа елшилер жоқ еди. Олар Хиродтың қуўғынларынан жасырыныў ушын, қаладан шығып кеткен еди. Бирақ елшилерден тысқары, Масийхтың көплеген шәкиртлери Ерусалимде қалды. Әне усылар Юханның анасы Мәриямның үйинде Петр ушын дуўа етиўге жыйналған еди.

Бул ўақытта Петр қамақханада тыныш уйықлап жатырған еди. Оның қасында ҳәмме ўақытта еки әскер болатуғын еди. Буннан тысқары, қараўыллар қамақхананың сыртқы ҳәм ишки есиклеринде және де көшеге шығатуғын дәрўаза жанында да туратуғын еди. Петр қашып қутылыўы мүмкин бе еди?! Яқ. Ол буны ислеўге ҳәрекет етип те көрмеди.

Бирақ күтилмеген ўақыя жүз берди. Тосаттан Петрдиң алдында Ийемиздиң периштеси пайда болды: оннан нур таралды. Петр қатты уйықлап қалған еди, соның ушын, периште оны оятыў ушын оның бүйиринен түртип:

– Тез орныңнан тур! – деди.

Сол ўақытта оның қолынан шынжырлар түсип кетти. Периште Петрдиң белбеўин буўып, аяқ кийими, үсти кийимлерин кийиўин буйырды. Бул ўақытта қараўыллар қатты уйқыға кеткен еди.

Соннан кейин периште:

– Изиме ер! – деди.

Петр қамақхананың ашық есиги арқалы оның изинен ерип кетти. Уйықлап атырған қараўылдың қасынан өтип, периште Петрди темир дәрўаза тәрепке алып барды ҳәм олардың алдында дәрўаза өз-өзинен ашылды. Олар биргеликте қалаға шығып, бираз жүрди, кейин периште ғайып болды.

Петр өзине келип:

– Мени өлтирмекши болған Хирод ҳәм яҳудийлердиң қолынан қутқарыў ушын, Ийемиз Өз периштесин жибергенлигин енди анық билемен, – деди.

Кейин Петр сол ўақытта көп исениўшилер ол ушын дуўа етип атырған үйге барды. Петр есикти қақты ҳәм оны ашпақшы болған бир хызметши шықты. Петрдиң даўысын таныған ол қуўанғанынан қапыны ашыўдың орнына үйге жуўырып кирип, басқаларға Петрдиң қапы алдында турғанын айтып хабар берди.

Шәкиртлер оған исенбеди ҳәм олар мүмкин есиктиң алдында Петрди қорғаў ушын Қудай жиберген периште турған шығар деп ойлады.

Сол ўақытта, Петр қапыны қағыўды даўам етип тура берди. Олар дәрўазаны ашып, Петрди көргенде жүдә ҳайран қалысты. Олардың қуўанышының шеги жоқ еди! Петр қолы менен ымлап көрсетип, душпанларының гүманын оятпаў ушын шаўқым салмаўын илтимас етти. Олар тынышланғанда, Петр Ийемиздиң қалайынша кәраматлы түрде қамақханадан оны азат еткенин айтып берди.

Кейин Хирод оны таба алмаўы ушын, Петр Ерусалимнен кетип қалды.

СОРАЎЛАР:

1. Ерусалимдеги Жәмәәтти қуўдалаўды қайсы патша баслады? Неге ол булай иследи?

2. Масийх ушын өлимди қабыл еткен биринши елши ким еди? Нәўбеттегиси ким болыўы мүмкин еди?

3. Бул ўақыт даўамында Жәмәәт ағзары не ислеп атыр еди?

4. Өлим күнинен бир күн бурын Петр менен не жүз берди?

98. Петр қамақханада00:00 / 05:13