
Павелдиң Римге сапары
Мухаддес Китап, Елшилердиң ислери 21-28 баплар
Павел ҳәм оның жолдаслары Ерусалим жәмәәтине келгенинде, олар жүдә қуўанышлы болды! Павел өз хызмети арқалы Қудай бутқа табыныўшылар арасында не ислегенин айтып берди ҳәм ҳәмме Оның Сөзиниң күши ушын Ийемизди уллылады. Бирақ бул қуўаныш узаққа созылмады.
Ерусалимге келгенинен жети күн өтип, Павел өз ўәдесиниң орынланыўы белгиси сыпатында қурбанлық келтириў ушын Ибадатханаға барды. Ол жерде яҳудийлер Павелди көрип, оны өзлери билиўди қәлемеген Ийса Масийхтың тәлиматының елшиси сыпатында тән алды. Олар Павелди услап алып, ол ҳәмме жерде олардың нызамларына қарсы тәлим берип атырғанлығын, ҳәттеки өзи менен бирге бутқа табыныўшыларды алып келип Ибадатхананы былғап атырғанын айтып бақырысты. Олар ғәзепленип, Павелди өлтириў ушын оны Ибадатханадан сүйреп алып шықты. Себеби Ибадатханада бундай ислерди ислеў мүмкин емес еди. Рим әскерлериниң баслығы Клавдий Лисий пүткил қаланың көтерилгенлигин көрип, Павелди шынжыр менен байлап, оны қорғанның ишине алып барыўды буйырды. Павел ол жерге баратырған жолда адамлар менен сөйлесиў ушын рухсат сорады. Ол яҳудийлерге өзи қалай етип Қудайға жүз бурғанын ҳәм гүналарының кеширилгенлигин айтып берди. Дәслеп, яҳудийлер Павелди дыққат пенен тыңлады, бирақ Ийемиз оны басқа миллетлерге (яғный бутқа табыныўшыларға) ўаз айтыў ушын жибергенин айтқанда, олар қорқынышлы шаўқым көтерди. Олар бул адам жасамаўы керек деп бақырысты.
Тутқынның сөзи адамларды және де қаттырақ ғәзепке алып келгенин көрип, Клавдий Лисий Павелди қорғанға алып кетиўди буйырды. Ол өз әскерлерине Павелди урыўды, сораўға тутыўды буйырғанда ол былай деди:
– Рим пуқарасын ҳәттеки судсыз да жазалаў мүмкин бе?
Римлилер қорқынышқа түсип, Павелди сораўға тутпады, бирақ оннан шынжырларды алып тасламады.
Ертеси күни Павел жоқары кеңес алдына алып барылды. Суд барысында, бир-бирине душпан болып жүрген еки тәреп ортасында келиспеўшилик келип шықты. Базылары оны айыплаған болса, ал басқалары оны қамаў ушын оннан ҳеш қандай айып таппадық, деп бақырысты. Бақырыс күшейе берди. Яҳудийлер Павелди ҳәр тәрептен орап, қысып таслады. Клавдий Лисий Павелди бөлеклерге бөлип таслаўынан қорқып, әскерлерине айыпланыўшыны қорғанға алып барыўды буйырды.
Түнде Ийемиз Ийса Павелге көринип, оған былай деди:
– Павел, батыр бол, Ерусалимде Мен ҳаққында гүўалық бергениңдей, Римде де гүўалық бериўиң керек!
Узақ даўам еткен суд барысынан ҳәм яҳудийлердиң Павелди өлтириўге бир неше мәрте ҳәрекет еткенинен соң, оны суд қылыў ушын императорға жибериў қарары қабыл етилди.
Буның ушын Павел Римге барып, императордың өзине Ийса Масийх ҳаққындағы Хош Хабарды айтыўы керек еди. Усы тәризде Ийемиз Өз режесин әмелге асырды.
Павелдиң Римге сапары Кесария бәндиргисинен кемеде басланды. Оларды узақ ҳәм қәўипли саяхат күтип турған еди.
Жылдың сол ўақтында, Жер Орта теңизинде үлкен боранлар болып, ағаштан жасалған киши желқомлы кемеде жүзиў қәўипли еди. Павел бул ҳаққында теңизшилерге ескерткени менен олар оған қулақ аспаған еди.
Күнлердиң биринде хақыйқый боран көтерилди. Бийик толқынлар кемени ана жақтан мына жаққа шайқады.
Кемени қутқарыў ушын жүклердиң үлкен бөлегин теңизге таслады, бирақ жағдай еле де жаманласа берди. Бир неше күн даўамында кеме күшли толқын бойлап жүре берди. Адамлар қутқарылыўға деген барлық үмитлерин үзди. Кейин Павел даўысын самалдың шаўқымынан да қатты шығарып, адамлар топарына қарап былай деди:
– Дослар! Руўхыңызды түсирмең, ҳеш бириңиз өлмейсиз, тек ғана кеме соққыға ушырайды. Мен буны билемен, себеби мен хызмет етип атырған Ийемиздиң Периштеси кеше түнде маған: «Павел, қорқпа, сен Кайсардың алдына жетип барыўың керек!» – деген еди. Дослар, жигерли болыңлар! Мен Қудайға исенемен: ҳәммеси Ол айтқандай болады!
Боран басланғанынан он төрт күн өтип, теңизшилер қурғақлықты көрди, бирақ ол жерге тоқтай алмады. Кеме бир қумлы сайыз жерге тап болып, кемениң тумсығы қумға батты да, қыймылдамай қалды. Ал артқы жағы күшли толқынлар тәрепинен соққыланып, сынып кетти. Бирақ ҳәмме адам қутқарылды: олар қурғақлыққа жетип алыўға еристи.
Қудай Өз Сөзинде турды! Ҳеш ким сyўға шөкпеди ҳәм ҳәттеки жарақат та алмады. Енди болса Римде Ийсаның аты уллыланыўы ушын, Қудайдың режеси әмелге асатуғын болды.
Қудай кәраматлы түрде Павелге Римге келиўине жәрдем берди ҳәм ол жерде Павел өзине императордың алдында Ийса Масийхқа исеними ҳаққында гуўалық бериўге мүмкиншилик бергени ушын, Қудайға миннетдаршылық билдирди.
Павел Рим қаласына тутқын сыпатында емес, ал Ийсаның гуўасы, Аспан Патшасының хабаршысы сыпатында келди!
СОРАЎЛАР:
1. Не ушын Клавдий Лисий Павелди жоқары кеңестиң алдына алып келди? Ол жерде не жүз берди?
2. Қалайынша Ийемиз тутқынға алынған елшиге жигер берди? Неге бул Павел ушын соншелли әҳмийетли еди?
3. Кемеде жүзиў барысында не жүз берди?
4. Павелдиң Римге келиўинен Қудайдың мақсети қандай еди?