Тавитаның қайта тирилиўи

Тавитаның қайта тирилиўи

Мухаддес Китап, Елшилердиң ислери 9:36-42 аятлар

Бир күни елши Петр Ерусалимнен жигирма шақырым узақлықта төбешиклер арасында жайласқан Лидда деп аталған аўылға барды. Лидданың көп халқы Ийемиз Ийса Масийхқа исенетуғын еди ҳәм Петр оларға барыўды жақсы көретуғын еди. Еней атлы бир адам жүдә кесел болып сегиз жылдан бери төсек тартып, төсегинен қозғала алмай жатырған еди. Петр оған:

– Еней! Ийса Масийх саған шыпа береди. Төсектен тур! – деди.

Сонда Еней дәрҳал орнынан турды. Петр: «Мен саған шыпа беремен», – демеди, себеби ол тек ғана Масийхтың күши аўырыўларға шыпа беретуғынын билетуғын еди. Енейдиң кесел екенлигин билген адамлар оны көриўге асыққан еди. Ал Енейдиң саў саламат екенин көргеннен кейин, көпшилик адамлар Ийсаны қабыл етти.

Лиддадан отыз шақырым узақлықта теңиз бойында Яффа қаласы жайласқан еди. Лидданың базы бир адамлары ол жерге барып, елши Петр төсекте жатырған адамға қалайынша Ийса Масийхтың аты менен шыпа берип, қалайынша тиклегенин айтып берди.

Буны еситкен халық елши Петрди шақыртып алды, себеби сол ўақытта олардың жәмәәтиндеги бир ҳаял кесел болып, қайтыс болған еди. Оның аты Тавита еди.

Ол ҳаял кәмбағалларға көп жәрдем берген еди ҳәм олар оның өлими себепли аза тутып, қатты қайғыға батқан еди. Дослары оның жерлеў мәресимине таярлық көрип қойған еди, бирақ олар жерлеў мәресиминен алдын Петрдиң келиўин илтимас етиўге қарар қабыл еткен еди. Яффаға келип, Петр Тавитаға жәрдем берген жесир ҳаяллар ҳәм оның жақын дослары топланған жоқарғы бөлмеге кирди. Бийшара ҳаяллар көз жаслары менен елшиге қайтыс болған Тавитаның тиккен кийимлерин көрсетти. Олар Тавитаға жүдә баўыр басып қалған еди, себеби ол оларды жүдә жақсы көретуғын еди.

Петр ҳәммеден жоқарыдағы бөлмеден шығып кетиўин илтимас қылды. Ҳәмме шығып кеткеннен кейин, ол дизе бүгип, Ийемизге дуўа етти ҳәм өлиге былай деди:

– Тавита! Орныңнан тур.

Ҳаял көзин ашып Петрди көрди ҳәм тикейип отырды. Петр оған қолын берип, оның орнынан турыўына жәрдемлести. Оннан соң зар болып күтип отырған исениўшилер ҳәм жесир ҳаялларды шақырып, тири Тавитаны оларға қайтарды. Оны көрип дослары соншелли қуўанышлы болды.

Петрдиң дуўасына жуўап сыпатында Ийемиздиң көрсеткен бул кәраматы ҳәммеге мәлим болды ҳәм көпшилик Ийемизге исенди.

СОРАЎЛАР:

1. Петр шыпа берген Лиддадағы ләң адамның аты ким еди?

2. Петрди қайсы қалаға шақыртып алды? Не ушын ҳәмма Тавитаны жақсы көретуғын еди?

3. Тавитаның тирилиўи қалай жүз берди?

97. Тавитаның қайта тирилиўи00:00 / 03:52