
Еммаусқа баратуғын жолда ушырасыў
Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 24:13-35-аятлар
Шәкиртлерден екеўи езилип, түскинликке түсип, Ерусалимнен Еммаус қаласына қарай жол алды ҳәм жолда өз ара сөйлесип, ақырғы күнлерде не болғанлығын түсиниўге ҳәрекет етип киятырған еди. Олар Ийсаға ерип, Ол Өз халқын қутқарыў ушын уллы Жолбасшы болады деп үмит еткен еди. Енди болса Ол өлип қалды... Бирақ қалада Ийса қайта тирилди, деген гәплер тарқалып атыр... Бул хабар оларды жүдә ҳайран қалдырды.
Олар өз ара сөйлесип баратырғанда, оларға бир Қосшы қосылды. Бул Ийса еди. Ийемиз шәкиртлери Оны танымаўы ушын солай иследи, олар көр сыяқлы болып қалды.
Аз ғана ўақыт Ол үнсиз жүрди, ал кейин:
– Сизлер не ҳаққында сөйлесип баратырсызлар ҳәм не ушын буншелли қапасызлар? – деп сорады.
– Тап усы күнлерде Ерусалимде не болғанын билмейтуғындайсыз! – деп жуўап берди олардан бири.
Кейин шәкиртлер Оған ақырғы күнлердеги ўақыялар ҳаққында айтып берди. Ўақыяны айтып болғаннан кейин, олар үнсиз жолларын даўам ете берди. Шәкиртлерин тыныш тыңлап болып, Ийса оларға былай деди:
– Ҳақыйқаттан да Мухаддес жазыўларда не жазылғанын сизлер елеге шекем түсинбепсиз. Болмаса, булардың бәршеси жүз бериўи кереклигин билер едиңиз. Қудайдың Улы Масийх адамлардың гүналары ушын азап шегиўи ҳәм өлиўи, кейин тирилиўи ҳәм Қудайдың салтанатына кириўи керек еди. Мухаддес жазыўларда Муўсаның, Забур ҳәм пайғамбарлар китапларында да бул ҳаққында көп мәрте айтылған.
Ийса оларға Мухаддес жазыўдан көп үзиндилер айтып берди. Шәкиртлери олардың көпшилигин билген, бирақ надурыс түсинген яки пайғамбаршылықларға исенбеген, яки умытып қалған. Бирақ енди олардың көзлери ашылды. Ҳақыйқаттан да! Мухаддес жазыўларда жазылған нәрселер жүз берди! Олардың Ийеси ҳәм Устазы оларды Рим империясының хүкимдарлығынан азат етиў ушын емес, ал гүналарынан қутқарыў ушын өлиўге келген еди. Ол әпиўайы емес, ал өмирге қайтыў ушын өлди.
Не ушын буны олар алдынырақ түсине алмады? Шәкиртлер Оның айтқан сөзлерин еситкен сайын, олардың гүманлары жоққа шыға берди. Бирақ елеге дейин олар өзлери менен бирге кимниң киятырғанын билмеди.
Солай етип, олар Еммаусқа жетип барып, Оны бирге аўқатланыўға ҳәм Оған сол жерде түнеп қалыўды усыныс етти. Бул бийтаныс Киси ыразы болды. Ҳәмме нәрсе таяр болғаннан соң Ол нанды алды, Қудайға шүкирлик етип, оны сындырды ҳәм ҳәр бирине бир бөлектен берди.
– Ийса бәрқулла солай ислейтуғын еди. Қызық, – деп ойлады олар.
Кейин бирден олардың көзлери ашылды: Ийса олардың алдында отырған еди, дәслеп олар Оны танымады, бирақ енди олардың Оның Ийса екенлигине гүманлары жоқ болды!
Сол ўақытта Ийса бирден оларға көринбей қалды.
Қалайынша олар алдынлаў Ийсаны таный алмады! Ийса оларға Мухаддес жазыўды түсиндирип берген ўақытта, олардың жүреклери жанып турған еди-ғо. Ийса олар менен болмағанына қарамастан, олар енди қайғылы емес еди. Ийса тири! Бул шәкиртлер қуўанышқа соншелли толғанлықтан, олар сол күни басқа шәкиртлер менен бөлисиўди шешти ҳәм дәрҳәл жыйналып, Ерусалимге, Ийсаның дерлик барлық шәкиртлери жайласқан үйге қайтып кетти.
Пикирлесиў ушын сораўлар
3 сораўЕммаусқа баратуғын жолда неше шәкирти кетип баратыр еди? Олар неден қапа болды?
Олар жолда кимди ушыратты?
Олар Ийсаны қалай билди?