Пётр ҳәм Юхан қәбирдиң жанында

Пётр ҳәм Юхан қәбирдиң жанында

Мухаддес Китап, Юхан жазған Хош Хабар 20:1-10 аятлар

Қалаға қайтып келген магдалалы Мәриям Ийсаның шәкиртлери болған Петр ҳәм Юханды тапты.

– Олар Ийемизди алып кетипти! – деди ол, – ҳәм биз Оны қай жерге қойғанын билмеймиз.

Ол Ийсаның қайта тирилгенин, ҳәзир Оның тири екенлигин көз алдына да келтире алмаған еди!

Әлбетте, Петр ҳәм Юхан ҳайран қалды ҳәм иләжи барынша қәбирге жетиўге асықты. Юхан ең жақсы жуўырыўшы еди ҳәм биринши болып ариматиялы Юсуптиң бағына жуўырды. Кейин ол ҳақыйқаттан да қәбир тасының жабық емес екенлигин көрди. Ол ишке қарады, бирақ кирмеди. Қызық, ҳеш қандай дене жоқ, тек ғана кепин сулыў етип жыйналған. Юхан кирер аўызда қалды. Петр жуўырып келди ҳәм қәбирге кирди. Ол да тап сол жағдайды көрди: дәслеп Ийсаның денеси оралған кепин ҳәм бөлек жайыўлы жатырған таўар. Егер дене ҳақыйқаттан да магдалалы Мәриям айтқанындай урланған болса, онда урылар кепин ҳәм қәбирди бундай етип тазалап кетпеген болар еди!

Юхан Петрдиң изинен қәбирге кирди. Ойламағанда оған: Ийса тири! Соның ушын да, қәбир бос! – деген пикир келди!

Соннан соң, Петр ҳәм Юхан қалаға қайтып келди ҳәм ол жерде Масийхтың басқа шәкиртлерин ҳәм Ийсаның тири екенлигин, Оны көргенлигин тастыйықлаўшы ҳаялларды тапты! Ийса ушын аза тутып жылаған шәкиртлери ҳәм избасарларының көпшилиги бул қуўанышлы хабарға исене алмады.

СОРАЎЛАР:

1. Магдалалы Мәриям Петр ҳәм Юханға қандай хабарды жеткерген еди?

2. Петр ҳәм Юхан қәбирде нени көрди?

3. Юхан бос қәбирди көрип, не нәрсеге исенди?

89. Пётр ҳәм Юхан қәбирдиң жанында00:00 / 02:37