Томастың исенимсизлиги

Томастың исенимсизлиги

Мухаддес Китап, Юхан жазған Хош Хабар 20:24:29-аятлар

Ийсаның жақын шәкиртлеринен бири болған Томас, Ийемиз басқаларға көринип, жараларын көрсеткенинде, Томас ол жерде жоқ еди. Ертеси күни оның дослары не болғанын толқынланып айтып берди. Бирақ Томас тек басын шайқап:

– Мен сизлерге исенбеймен. Булардың ҳәммесине исениўден алдын, Оның жараларын өзим услап көриўим керек, – деди ол.

Томастың «иймансыз» деп аталыўының себеби – ол Ийсаны көрмегенше исенбейтуғынлығын айқаны еди. Томас Ийсаның қолына қағылған шеге излерин бармағы менен ҳәм Оның бүйирин өз қоллары менен услап көрмегенше исене алмаған еди. Томастың исениўи ушын күшли дәлил керек еди.

Бир ҳәпте өткеннен кейин, шәкиртлер және бирге жыйналды. Ийса тап алдынғыдай, тосаттан пайда болды.

– Тынышлық сизлерге яр болсын! – деп сәлем берди.

Соннан кейин, Ийса Томасқа қарап, қолларыңды соз Томас. Мине, Мениң жараларым. Услап көр! Исенимсиз болма, ал исениўши бол, Қудайға исен, – деди.

Өзиниң исенимсизлигинен ҳәм бурын айтқан сөзлеринен уялып, Томас тирилген Қутқарыўшыға деген сүйиспеншиликке толып, Ийсаның аяқларына жығылып, Оған табынды. Дирилдеп ол:

– Ийем мениң, Қудайым мениң! – деди.

СОРАЎЛАР:

1. Томастың исенимсмзлиги қалай көринип турды?

2. Не ушын ол «иймансыз Томас» деп аталды?

3. Ийса Томасты айыплады ма?

91. Томастың исенимсизлиги00:00 / 02:17