Ийсаның тирилиўи

Ийсаның тирилиўи

Мухаддес Китап, Матта жазған Хош Хабар 28:1-8 аятлар

Қаланы қаплап алған таңнан алдынғы қараңғылықта бир неше қапа ҳаяллар, еки Мәриям ҳәм Саломия Ерусалимниң тар көшеси бойлап жүрди. Не ушын олар қапа еди? Қорқынышлы ўақыя жүз берди: олардың ҳәр бири қарыздар болып қалған ҳәм олар ушын қәдирдан болған Ийса енди өлди! Олар енди Оны тыңлай алмайды да, Оған жәрдем де бере алмайды. Енди олар Устазына соңғы ҳүрметти, яғный Оның жансыз денесин хош ийисли май менен майламақшы.

Жолда ҳаяллар жүдә қәўетерде еди: қәбирге кирер аўыздағы үлкен тасты қалайынша көшириўи мүмкин еди? Ақыры, олар Ийсаның қәбири жайласқан бағқа жетип келди. Бирақ, бул не? Тас домалап кеткен, қәбирге кирер аўзы ашық! Ҳаяллар жақынырақ келди. Әтирапта ҳеш ким жоқ еди. Ҳаяллар әсте ишке кирди. Олар ол жерде Ийсаның денеси жатырған орын бос екенлигин көрди! Не болды? Кимдур Ийсаның денесин урлаған ба?

Олар Ийсаның тири екенлигин билмеди. Мине, соның ушын да, Оның денеси қәбирде жоқ еди.

Ерте таңда уллы кәрамат жүз берди: Масийх тирилди! Жүзи жылдырымдай периште аспаннан түсти ҳәм келген ҳәр бир адам Ийсаның ол жерде жоқ екенлигин көриўи ушын тасты домалатты. Қәбирди қорғап атырған сақшылар қорқып қашып кетти.

Бирақ ҳаяллар буны билмейтуғын еди. Олар тек ғана бос қәбирди көрген еди. Бул жағдай Магдалалы Мәриямды жүдә қапа етти. Басқа ҳаяллар не ислеў керек екени ҳаққында ойлап турғанда, ол бул хабарды Петр ҳәм Юханға айтыў ушын қалаға жуўырып кетти. Тосаттан, олар аппақ кийимли периштени көрди. Периште оларға әжәйып жаңалықты айтты:

– Ийса Тири! Қорқпаң! Тезирек қалаға қайтып, шәкиртлерине Ийсаның тирилгенлигин айтың!

Пикирлесиў ушын сораўлар

4 сораў
  1. Ҳәптениң биринши күнинде қандай кәрамат жүз берди?

  2. Сол күни азанда ҳаяллар қай жерге ҳәм не мақсетте барды?

  3. Қәбирди қорғап атырған сақшылар периштени көргенде не иследи?

  4. Периште ҳаялларға не айтты?

88. Ийсаның тирилиўи00:00 / 03:08