
Масийхтың атанақ ағашқа шегелениўи
Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 23-бап, 33-49 аятлар
Қатты бақырысып, қамшылап киятырған рим әскерлериниң топары Ийсаны ҳәм атанақ ағашқа шегелениў арқалы өлимге ҳүким етилген еки қарақшыны алдына салып киятыр еди. Көп санлы адамлар римлилердиң әдетте жынаятшыларды шегелейтуғын орнына қарай изине ерип киятыр еди. Сол орын Голгота ямаса Бас сүйеги деп аталатуғын еди. Римлилерде қосымша жаза усылы бар еди: ҳүким етилген ҳәм қамшы жеген адам өз атанақ ағашын өзи көтерип жүриўи тийис еди. Сонлықтан да, салмағы аўыр болған атанақ ағашты Ийсаның Өзи көтерип жүриўине туўры келген еди. Жарты жолға келгенде, Ол жүдә ҳалдан тайған еди. Топар басшысы киренели Шимон деген адамға Ийсаның орнына атанақ ағашты көтерип алып жүриўин буйырды. Ийсаның изине ерип киятырған аламан ишинде, Оның шеккен азапларын көрип, дад салысып, жылап атырған көп ҳаяллар да бар еди.
Өлим ҳүкими орынланатуғын орынға келгенде, әскерлер атанақ ағаш еле жерде ўақтында Ийсаны оған шегелеп, өз жаўызлық ўазыйпасын орынлады. Олар шуқыр қазып, атанақ ағашты оған орнатып, беккемледи. Ҳүким етилген еки адамға да, әскерлер анық сондай шегелеў ўазыйпасын орынлады. Олардың атанақ ағашлары Ийсаның оң ҳәм шеп тәрепине орнатылды. Өлим жазасы орынланатуғын орынға Ийсаның жақын дослары – ер ҳәм ҳаяллар бирге барған еди. Ҳаяллар дад салып, жылады. Арманырақта болса, Ийсаның үстинен күлип атырған адамлар:
– Егер Сен Қудайдың Улы болсаң, онда Өзиңе жәрдем бер ҳәм атанақ ағаштан түс! Сонда бизлер Саған исенемиз! – деп турған еди.
Шегеленген жынаятшының бири де Ийсаны мазақ етти. Екиншиси болса, керисинше, оны тоқтатып:
– Өзиң де бирдей жазаға ҳүким етилип турып, Қудайдан қорқпайсаң ба? Бизлер ислеримизге ылайық әдил жаза алдық. Ал Ол ҳеш қандай жаманлық қылған жоқ-ғо, – деди.
Соң ол Ийсаға:
– Ийса, Өз Патшалығыңа киргениңде, мени есиңе ал! – деди.
Ийса оған:
– Саған шынын айтаман: сен бүгин Мениң менен бирге жәннетте боласаң! – деди.
Усыдан кейин пүткил жерди бирден қараңғылық қаплады. Жер титиреп кетти.
Ийсаның физикалық шеккен азабы ақылға сыймайтуғын дәрежеде еди, ал руўхый қыйналыўы болса, оннан да бетер болды. Пүткил дүньяның гүнасы Оған жүкленген еди. Бир неше саатлар өтип, Ол жалғызлық азабында қалып, тәрийплеў мүмкин болмаған азап ишинде, Ол бәлент даўыс пенен:
– Қудайым, Қудайым! Неге Мени таслап кеттиң? – деди.
Ийса барлық адамлардың гүналары ушын, ҳеш бир гүнакар инсан көтере алмайтуғын Аспандағы Әкениң пүткил ғәзебин Өзинде сезди. Тек ғана Қудай ҳәм Адам болған Масийх буны көтере алатуғын еди. Қараңғылық кете баслады ҳәм Ийса Өзиниң ақырғы сөзин айтып:
– Орынланды! Әке! Руўхымды қолларыңа тапсыраман! – деди.
Усыны айтып болды да, басын ийип, жан тапсырды. Сол күни кеште Ийсаны сүйетуғын, бирақ алдын қорққанлығы себепли, өзин билдирмей жүрген абырайлы ҳәм бай болған ариматиялы Юсуп Пилаттың алдына барады. Сонда ол Пилаттан Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсирип алыўға ҳәм яҳудий дәстүри бойынша жерлеўге рухсат сорайды. Римли ҳәким буған рухсат берди. Бурын түнде Ийсаның алдына келген ҳәм елеге дейин Ийсаның изине сырлы түрде ерип жүрген Никодим де Юсупке жәрдем берди.
Ол мәйитти, яғный денени жерлеўге яҳудийлерге нелер зәрүр болса, ҳәммесин алып келди: өлген денени орайтуғын кепинлик таўар, мирра ҳәм алоэ. Ийсаның денесин хош ийисли затлар себилген зығыр кепинге орады. Кейин Ийса атанақ ағашқа шегеленген жерде еле ҳеш ким қойылмаған бир жаңа қәбирге апарып жайғастырылды. Соңынан үлкен бир тасты арнаўлы ойық арқалы домалатып, қәбирдиң аўзына қойды да, сол жерден кетип қалды.
Келеси күни бас руўханийлер менен парисейлердиң ядына Ийемиздиң үшинши күни қайта тирилемен, деген сөзи түсти. Олар Ийсаның қәбирин қараўыллаўы ушын, Пилаттың алдына әскерлер сорап барды. Себеби олар Ийсаның шәкиртлери денени урлап, кейин Оны тирилди, деп айтып жүриўинен қорққан еди. Пилат қәбирди қараўыллаўы ушын оларға бир неше әскерлер берди. Оннан қала берсе, олар қәбирдиң аўзын ашып, ол жерге ҳеш кимге билдирмей ҳеш кимниң кирмеўи ушын, аўзындағы тасқа мөр басты.
Усылай етип, өлген Ийсаны ҳүкимет абайлы ҳалда қараўыллады, себеби Ол себепли машқала пайда болып қалар деп қорқысты.
СОРАЎЛАР:
1. Шегелеў ушын Ийсаны қаяққа алып барды? Оған атанақ ағашын көтериўге ким жәрдем берди?
2. Масийхтың: «Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди», - деген сөзлерин қалай түсиниўге болады?
3. Ийсаның өлими бизлер ушын не себептен әҳмийетли?
4. Ариматиялы Юсуп Ийсаны сүйетуғынын қалай дәлилледи? Ол не иследи?
5. Кеңес ағзалары Ийемиздиң өлиминен соң не ушын тәшиўишленген еди?