
Ийса Пилаттың алдында
Мухаддес Китап, Лука жазған Хош Хабар, 23-бап, 1-25-аятлар
Ертеңине азанда әскерлер Ийсаны Рим императорының ўәкили болған ҳәким Пилатқа алып барды. Ол Ийсаны өлимге ҳүким етиў керек пе, ямаса жоқ па, соны шешиўи керек еди. Оның сарайының алдына көп адамлар жыйналған еди. Пилат жыйналғанларға даўыслап:
– Мен бул адамнан өлим ҳүкимине ылайықлы ҳеш бир айып таппай турман. Сонлықтан да мен Оны жазалап, кейин жибериўди буйыраман, – деди.
– Яқ, Яқ! – деп аламан шаўқым салды. – Оны атанақ ағашқа шегеле, Оны атанаққа шегеле!
Пилат енди және не ислеўи керек еди? Бул адамлар Ийсаға өлим жазасын бериўди талап етип атыр. Бирақ Пилат Оның айыпсызлығына исенимли еди. Сонда оның ойына: «Еврейлерде әдет бойынша, ҳәр Қутқарылыў байрамында бир тутқынды босатып жибериў әдет бар.
Егер мен қанхор Барабба менен Ийсаның биреўин таңлаң десем, олар әлбетте Ийсаны таңлаўы сөзсиз», – деген пикир келди. Сонда Пилат даўыслап:
– Сизлер усы жылы кимди босатып бериўимди қәлейсизлер? Бараббаны ма ямаса Масийх деп аталатуғын Ийсаны ма? – деди.
Халық:
– Бараббаны, Бараббаны, Бараббаны! – деп бақырысты.
Бақырысқан даўыслар сарайдың ишине дейин кирди. Сол жердеги Рим әскерлери Ийсаның үстинен күлип, масқаралады.
Әскерлер қатты қамшылап болғаннан соң, Ийсаның үстинен күлди. Олар Ийсаға патшалардың шым қызыл шапанын жаўып, тикенли шыбықлардан таж өрип, Оның басына таждай етип кийдирди. Олар мазақ етип, қатты даўыслап:
– Жасасын Яҳудийлердиң Патшасы! – деп бақырысып, Оны қамшылады ҳәм Ийсаның пүткил денеси қанға боялды.
Пилат усы Ийсаның басынан кеширип атырған барлық мазақлаўдан ҳәм азаплардан соң, халықта Оған деген аяўшылық пайда болар деп үмит етти. Ол Ийсаны халықтың алдына шығарды, бирақ Оған ҳеш кимниң жаны да ашымады. Керисинше, аламан халық:
– Оны атанақ ағашқа шегелет, шегелет! – деп бақырысты.
Пилат енди ҳеш қандай шара жоқ екенин көрди. Ол ләген алып келиўди буйырды ҳәм суў алды да, халықтың көз алдында қолын жуўып:
– Бул Ҳақ Адамның қанының төгилиўине мен айыплы емеспен, мен Оны атанақ ағашқа шегелеўге буйрық беремен, бирақ сизлер жуўапкерсиз, – деди.
Сонда Пилат оларға Бараббаны босатып берди, ал рим әскерлери Ийсаның үстинен күлиўди даўам етти.
Пикирлесиў ушын сораўлар
3 сораўПилат халықтың жек көриўшилигинен Ийсаны қалайынша қутқарыўды нийет еткен еди?
Халық не ушын Бараббаны таңлады?
Ийса қандай азап шегиў жазасын басынан кешириўи керек еди?