
Дүньяның жаратылыўы
Мухаддес Китап, Жаратылыс китабы, 1,2–баплар
Ең баста Қудай аспан ҳәм жерди жаратты. Ол Әлемди Өз Сөзи менен ҳеш нәрсе жоқ жерден жаратты. Буны Қудайдан басқа ҳеш ким ислей алмайды! Сонлықтан да бизлер Қудайды Жаратыўшы деп атаймыз. Ол Өзиниң адамларға берген Китабында, яғный Мухаддес Китабында, буның барлығы қалай болғаны ҳаққында жазылған.
Биринши күни Қудай: «Жақтылық болсын» - деди ҳәм жақтылық пайда болды. Соңынан Ол жақтылықты қараңғылықтан ажыратты ҳәм жақтылықты «күндиз», ал қараңғылықты «түн» деп атады. Усы күнлери де жүз берип атырғанындай күндиз бенен түн бир-бирин алмастыра баслады.
Екинши күни Қудай суў үстине гүмбезди жаратып, оны «аспан» деп атады. Ол суўдың бир бөлеги төменде, яғный жерде, ал екинши бөлегин аспанда, бултларда болатуғын қылды. Соңынан Қудай ҳәмме жерди бизлер бүгин де дем алып атырған ҳаўа менен толтырды.
Үшинши күни Қудайдың сөзи менен суў астынан қурғақлық пайда болды; суўлар болса Қудай жаратқан терең жерлерге жыйналды. «Қудай қурғақлықты «жер» деп, ал топланған суўларды «теңизлер» деп атады». Бирақ Қудай жер бетиниң шөл ҳәм сулыў болмағанын көрди. Сонлықтан да, Ол: «Жер жасыл шөплерди, туқым шашатуғын өсимликлерди ҳәм туқымы мийўесинде болған жемис ағашларын түр-түрине қарай өндирсин» - деп айтты. Солай етип, дәрриў түрли-түрли өсимликлер пайда болды. Өсимликлер туқымлар шашып, олардан жаңа өсимликлер пайда болды. Тереклердиң мийўелеринде туқымлар пайда болып, олардан да жаңа тереклер өсип шықты.
Төртинши күни Қудайдың буйрығы менен қуяш, ай ҳәм жулдызлар пайда болды. Қуяшты ҳәр күни азанда шығып, кеште бататуғын қылды.Түнде, бизлер уйықлайтуғын ўақытта, қараңғы болады. Бирақ Қудайдың буйрығы бойынша ай ҳәм жулдызлар түнде де көре алыўымыз ушын жақтылық береди. Аспанда жулдызлардың саны соншелли көп болғанлықтан бизлер оларды санай алмаймыз. Аспандағы қуяш ҳәм ай себепли күнлерди, айларды ҳәм жылларды санаў мүмкиншилиги пайда болды. Усылай етип ҳәмме нәрсе Қудай ойлаған тәртипке келди.
Бесинши күни Қудай және таза жаныўарларды жаратып баслады. Ол: «Барлық суўлар жанлы жаныўарларға толсын» - деди ҳәм солай болды да. Қудай суўдың терең жерлеринде жүзетуғын китлерди, үлкен ҳәм майда тез жүзетуғын балықларды жаратты. Олардың гей биреўлери суў ишинде жылдырымның тезлигиндей тезликте жүзиў қәбилетине ийе. Суўдағы жаныўарлардың ҳәммесин, соның ишинде көзге көринбейтуғынларды да Қудай жаратты. Қудай сонша көп нәрселерди жаратты, оның барлығын санап та болмайды!
Ҳаўа да ҳаўазлар ҳәм өмир менен толды. Қудай қуслардың да мыңлаған түрлерин жаратты. Ҳәм олар көк аспанда, әжайып көклем үстинде ушып баслады. Дем алыў ҳәм аўқатланыў ушын олар тереклерге ҳәм жерге қонатуғын еди. Қудай хәмме жаныўарларды жарылқап,оларға: «Өсип-өнип, көбейиңлер»-деди. Ол балықлардың, жаныўарлардың ҳәм қуслардың урпақлары болыўын қәледи. Жерде, аспанда ҳәм суўда шаўқымлы ҳәм қызғын өмир қайнап баслады.Усылай етип бесинши күн өтти.
Алтыншы күни Қудай жерде жәнеде көп жаныўарларды: малларды, қуртларды, жабайы ҳайўанларды жаратты. Маллар, атлар, шошқалар, пиллер, арысланлар ҳәм жолбарыслар, маймыллар ҳәм көп басқа түрдеги ҳайўанлар қуяш астынан өз орынларын тапты. Және жыланлар ҳәм басқа түрдеги ҳайўанлар пайда болды. Ҳеш бир жаныўар бир-бирине уқсамайтуғын еди.
Солай етип, Қудай дерлик Өз жумысының жуўмағына жетти. Аспан ҳәм жер, қуяш ҳәм жулдызлар, шөплер ҳәм тереклер,балықлар ҳәм қуслар, қурғақлықта ҳәм суўда жасайтуғын ҳайўанлар пайда болды. Жерде өмир әжайып болды! Деген менен, жаратылыстың тажы, яғный ҳәкими Қудайдың көринисиндегидей, Өзине уқсатып жаратылған адам болды.
Қудай биринши ер адамды топырақтан жаратты. Кейин Жаратыўшы оған Өз деминен өмир ҳәм ақыл берди. Адам ойлаў, жаратыў ҳәм Қудай менен сөйлесиў қәбилетине ийе болды. Ол өзи және қоршаған әтирап ҳаққында ой жуўырта алды. Ол қуўана алатуғын, күле алатуғын ҳәм қайғырып, жылай алатуғын еди. Ол өзиниң Жаратыўшысы ҳаққында ой жуўыртып, Оның өзин сүйетуғынын билетуғын еди. Биринши адамның аты Адам еди.
Қудай Эден бағына егин егип, бағ жаратты ҳәм ол жерге Адамды жайластырды. Бул жәннет еди! Эденнен бир дәрья ағып, бағды суўғарды ҳәм ары қарай төрт тармаққа бөлинип кетти: Пишон, Гихон,Тигр ҳәм Евфрат. Бундай мийнет адамға кыйыншылық емес, ал қуўаныш алып келетуғын еди. Себеби Қудай оған жаратылған ҳәмме нәрсеге қарап, ғамхоршылық етиўи ушын күш ҳәм ақыл берди.
Және Қудай оған ҳәмме ҳайўанларға ат қойыўын буйырды. Адам буйрықты орынлады. Солай етип, ол ҳәмме ҳайўанларға ат қойғанына жүдә қуўанды.
Бирақ бәри бир ол азғана қайғыда еди. Бир күни Адам-ата жумысынан дем алыўға жатқанда: «Қудай маған барлық жақсы нәрселерди берди¸ демек ол мени сүйеди»,- деп ой жүргизе баслады̣. «Және Қудай мениң әтирапымды соншелли көп зат қоршаса да мен өзимди жалғыз сезип атырғанымды да биледи». Усындай ойлар менен Адам-ата қатты уйқыға кетти.
Уйқыдан турғаннан соң ол ҳайран қалды¸ себеби оның алдында ҳаял турған еди. Солай етип, ол: «Енди мен жалғыз емеспен! Қудай маған ҳаял берди¸ бул қандай ажайып! – деп ойлады. – Бизлер енди ҳәмме ўақытта бирге боламыз».
Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене бағ бойлап көп жүрди ҳәм өзлерине бийтаныс нәрселер менен танысты. Олар тек ғана бағдың ортасында абайлап жүриўи лазым еди. Себеби ол жерде еки сырлы терек бар еди. Қудайдың Өзи оларға ат қойған еди. Биреўине «өмир тереги», ал екиншисине «жақсылық ҳәм жаманлықты билиў тереги»,- деп атаған еди. Бирақ Қудай адамға жақсылық ҳәм жаманлықты билиў терегинен жеўди қадаған етти.
Адамлар бахытлы еди. Қудай Адам-ата менен Ҳаўа-енениң бир-бирин түсинип, бир-бирин сүйетуғынын көрип қуўанды.
Солай етип алтыншы күн өтти.
Қудай барлық ислерин жуўмақлап болып, ҳәммесиниң жүдә жақсы екенин көрди ҳәм жаратқан нәрселерине қуўанды. Ҳәммеси әжайып еди. Нур жақты, ҳаўа хош ийиске толы, ал жер сулыў өсимликлерге толы еди. Қуяштың нурлары азанда аспанды толтырып, ал айдың нурлары түнди жарқырататуғын еди. Қуслар, ҳайўанлар ҳәм барлық жаныўарлар бахытлы еди, ҳәммесинен көбирек Адам-ата ҳәм Ҳаўа-ене бахытлы еди. Өйткени олар бир- бири менен ҳәм Қудай менен сәўбетлесе алатуғын еди, және де, Қудайды алғыслайтуғын еди.
Жетинши күни Қудай ҳеш нәрсе жаратпады. Ол барлық жумысларынан дем алды. Сондай-ақ, Қудай усы күнди жарылқап, мухаддес қылды. Солай етип, дем алыс күни өзгеше күн болып есапланды. Кейинирек Қудай Өз халқына: «Жетинши күн ҳәптениң ақырғы күни - барлық жумыстан дем алыў күни»,- деп нызам берди. Усыдан баслап, барлық исениўши адамлар усы күни өз Жаратыўшысы ҳаққында ойлап, Оны алғыслап, Оған хызмет ислеўи керек болды.
Пикирлесиў ушын сораўлар
3 сораўНе ушын Қудай Жаратыўшы деп аталады?
Периштелер ямаса адамлар бир нәрсени жоқ нәрседен бар қылып жарата ала ма, яғный жоқтан бар пайда қыла ала ма?
Қудайдың ең әҳмийетли жаратылысы ким/не болып есапланады?